Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан: Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы парламент қадағалаўында

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Санкт-Петербург қаласында Ҳиндстан парламенти төменги палатасы Спикери Ом Бирла менен сөйлесиў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, туризм ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиў даўамында парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыўдың әмелий жақларына итибар қаратылды.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен системалы парламент қадағалаўын жолға қойыў, өз-ара сапарлар шөлкемлестириў арқалы нызам дөретиўшилиги, электрон парламент бағдарында тәжирийбе алмасыў кереклиги атап өтилди.
Усы мәселелерди қамтып алған өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўға келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА