Кеше Германия пайтахты Берлиндеги «Олимпиаштадион»да футбол бойынша Европа чемпионатының финал ойыны болып өтти.

Онда бул чемпионатта бир мәрте де жеңилиске ушырамаған Испания усы күнге шекем бир ретте Европа чемпионы атағына миясар болмаған Англия сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.

Ушырасыўдың 1-таймында топқа  испанлар 70 процент ийелик еткени менен дәрўазалар алдында қәўипли жағдайлар жүз бермеди.

Екинши таймның 47-минутында Испанияның жас жулдызы Ламина Ямал шеп тәрептен жәрийма майданшасында турған Нико Уильямске топты жеткерип берди ҳәм ол Джордана Пикфорд қорғап атырған дәрўазаны әжайып тәризде анық нышанға алыўға еристи.

Бул голдан соң англичанлар да бир қатар ҳүжимлерге өтти, бирақ, олардың барлығы да нәтийжесиз жуўмақланды. Сонлықтан команда бас тренери Гарри Саутгейт тийкарғы ҳүжимши Гарри Кейн орнына Коул Палмерди майданға түсирди ҳәм ол 72-минутта Испания дәрўазасына гол урып, ойындағы есапты теңлестириўге еристи.

Буннан соң испанлар да бир неше мәрте қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 2-таймда майданға түскен  Микель Оярсабаль  86-минутта голға айландырыўға миясар болды.

Ушырасыўдың соңғы минутларында англичанлар да гол урыў имканиятына ийе болды. Бунда мүйештен узатылған топты олар Испания дәрўазасы тәрепке жоллады. Бирақ, бул еки топты да испаниялы футболшылар иркип қалыўға еристи.  Солай етип Испания сайланды командасы Европа чемпионатында 4-мәрте кубок ҳәм алтын медальды қолға киргизип, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөлеўге еристи.

Чемпионат жуўмағына бола, Испания сайланды командасы футболшылары Родри «Ең жақсы футболшы», 17 жасар Ламин Ямаль «Ең жақсы жас футболшы» атағын жеңип алып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сыйлық пенен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.