Усы жыл 14-июль күни 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары болып өтти.

Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.

Бул жерде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Батырбек Қайыпбергенов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Студент ҳәм оқыўшылардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў орайының баслығы Равшанбек Худайберганов, сондай-ақ, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қувондиқ Қодиров абитуриентлердиң ата-аналары менен сәўбетлесип, олардың перзентлерине тест сынақларында әўметлер тиледи.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

– Бүгин қызым юридика тәлим бағдарына тест тапсырып атыр. Тест сынақларына жақсы таярлықлар көрди. Әўмет тилеп, тилеклес болып отырман. Бул жерде ата-аналардың тест процесин онлайн бақлап отырыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Буның ушын барлық шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдиремен. Барлық абитуриент жасларға әўмет тилеймен, – дейди нөкисли Сәрсенгүл Бекжанова.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада – бириншиси 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.

Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары усы жылдың 25-июль күнине шекем даўам етеди.

Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2024.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги