Усы жыл 14-июль күни елимиз бойлап жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлерге мәмлекетлик тест сынақлары басланыып, бүгин тест сынақларының екинши күни даўам етпекте.

Тест сынақлары Нөкис қаласындағы 5 объектте, соның ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында да болып өтпекте.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен келген ўәкил Р.Худайберганов университетиниң спорт сарайында өткерилип атырған тест сынақларын, сондай-ақ, ол жерде ата-аналары ушын күтиў орынларында жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Бул жерде университет администрациясы басшылығында профессор-оқытыўшылар, жумысшы топар ағзалары, волонтёрлар тәрепинен абитуриентлердиң ата-аналарының пикир-усыныслары тыңланып, олардың кеўил-кейпиятын көтериў мақсетинде концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте.

– Тест сынақлары 25-июль күнине шекем ҳәр күни еки сменада, 1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекемги, 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта өткерилиўи белгиленген,-дейди университеттиң баспасөз хаткери А.Абибуллаев.

Онда абитуриентлер тест сынағы өткерилетуғын аймаққа тест сынағы басланыўынан кеминде 1 саат алдын паспорты (ИД-карта) ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи тийис. Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди. Тест сынақлары толық видеобақлаў астында онлайн трансляция етилген ҳалда өткериледи ҳәм абитуриентлер менен олардың ата-аналары http://Test2024.uzcloud.uz сайты арқалы тест сынақларын онлайн бақлап барыўы мүмкин болады.

Тест сынақлары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги