Қувада Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшығында Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Атап өтилгениндей, Марғуланға ҳәр жылы 250 мың ишки ҳәм 75 мың сырт елли туристлер келмекте. Бул көрсеткишлерди және де арттырыў ушын мийманхана ҳәм хызмет көрсетиў орынларын көбейтиў зәрүр.

Сол себепли, Марғуланда 5 мийманхана, Шайырлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлери бағы, Мақам театры, 50 ден аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылады.  Сондай-ақ, Пышақшы мәҳәллесинен орын берилсе, жергиликли исбилерменлер 240 орынлық заманагөй 2 мийманхана қурыў ҳәм аймақты туризм мәканына айландырыў усынысын берген.

Улыўма, Марғулан ҳәкимлигине айтылған имканиятлар есабынан усы жылы районға 300 миллион доллар инвестиция тартыў ҳәм 50 мың жаңа жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА