Жас шахматшылар беллесиўи
381

Төрткүл районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде “Спортты сүй, спорт пенен жаса!” сүрени астында шахмат бойынша жарыс болып өтти.
Жарысты өткериўден мақсет, мектеп оқыўшылары арасында шахматты үгит-нәсиятлаў, оларды усы спорт түри менен турақды шуғылланыўға тартыў, балалардың жазғы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў болып табылады.

Жарыс жуўмағында қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен Шадияр Махмудов биринши орынды ийелеп, жеңимпаз болды. Екинши орын Алпамыс Азатовға, үшинши орын Диярбек Әлишеровқа несип етти.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.