Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте кейинги үш жылда Қоқандта тек ғана 630 квартиралы 17 көп қабатлы жайлар қурылғаны қала мүтәжлиги ушын жетерли емеслиги көрсетип өтилди.

Ҳәзирги ўақытта «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыўға қалалар әтирапынан жер ажыратылмақта. Бирақ Қоқанд, Марғулан сыяқлы қалалар, район орайларындағы мәҳәллелердиң келбети бурынғысынша қалып кетпекте.

Сол себепли «Жаңа Өзбекстан массиви» жойбарының мәҳәллеге де енгизилиўи белгиленди.

Онда қала ҳәм район орайларында 5 еўден ески мәҳәллелер таңлап алынады. Оларда 7-10 қабатлы жайлар қурыў ушын арнаўлы сектор қосылады, жайлар биринши гезекте усы мәҳәлле халқына бериледи.

Ҳәмелдарларға Қоқандтағы биринши «Мәҳәлле массиви» қурылысын баслаў ушын орын таңлаў ҳәм жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

ӨзА