Қувада Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ферғана ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Қоқанд әзел-әзелден руўхыйлық, мәденият ҳәм саўда орайы, мәмлекетимиздиң қалған аймақларын ойпатлық пенен байланыстырыўшы тийкарғы көпир болып келген.
Бүгинги күнде Қоқанд халқы 310 мыңға жетип, ўәлаятта екинши, ойпатлықта болса төртинши үлкен қалаға айланды.
Кейинги жыллары Қоқандқа жүдә үлкен инвестиция кирди, Қоқанд еркин санаат зонасында 400 миллион долларлық 100 ге шамалас жойбарлар иске түсти.
Соның менен бирге, Қоқандта еле иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Қоқандта арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестириледи, онда 1 миллиард долларлық жойбарларды баслаў, кеминде 10 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
ӨзА