38-халықаралық информатика олимпиадасы 2026-жылы Ташкент қаласында өткериледи

832

 

Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 10-июльдағы № 447-Б бийлигинде айтылады.

Ҳүкиметтиң бийлигине муўапық:

2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 38-халықаралық информатика олимпиадасына таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы;

2026-жылы 38-халықаралық информатика олимпиадасын Өзбекстанда шөлкемлестириў ҳәм өткериў, IT тараўында абырайлы халықаралық жарыс ҳәм таңлаўларға жасларды таярлап барыў ҳәм мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

Шөлкемлестириў комитетиниң ўазыйпасы төмендегилерден ибарат болады:

Олимпиаданы мәмлекетимизде шөлкемлестириў ҳәм оған таярлық көриўдиң бас режесин дүзиў, зәрүр қәниге кадрларды таярлаў ҳәм экспертлерди тартыў ҳәм Олимпиада бағдарламасы менен логотипин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў жумысларын муўапықластырыў;

Олимпиаданы жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ислесиў;

Олимпиаданы шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын зәрүр қәниге кадрларды таярлаў ҳәм экспертлерди тартыў;

Олимпиаданы өткериўге таярлық көриў бойынша барлық мәселелерди ҳәм пайда болатуғын машқалаларды жеделлик пенен шешиў.

Бийликке бола, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Жаслар ислери агентлиги мәлимлеме технологиялары тараўында абырайлы халықаралық олимпиада, жарыс ҳәм таңлаўларға қәбилетли жасларды тартыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм олардың арасында ғалаба ен жайдырыў жумысларын шөлкемлестирип барады.

ӨзА