Қыйтақ жерлерге бетон лоток салмалары арқалы суў жеткериледи

Тахтакөпир районындағы халықтың қыйтақ жер майданларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде көше бойындағы жол бойлап темир бетон лотоклар орнатылмақта.
-Райондағы орайлық «Дослық гүзары» көшесиниң ҳәр еки тәрепине 5 километрден жәми 10 километр темир бетон лоток орнатыў белгиленген,-дейди «Қарақалпақстансуўқурылысинвест” мәмлекетлик мәкемеси жетекши қәнигеси Азат Қутлымуратов. Қурылыс жумыслары тамамланғаннан соң аймақлардағы жәми 3 мыңнан аслам шаңарақтың 451 гектар жер майданлары суў менен тәмийинленеди.

Жуўапкерлердиң мағлыўмат бериўине қарағанда темир бетон лоток салмаларында каналлардан суў шығарыў ушын 16 дана электронасос агрегатларын ҳәм 2 дана трансформатор орнатылады.
Райондағы автомобил жолларын реконструкциялаў ўақтында жолды кеңейтиў есабынан алдынғы қыйтақ жер майданларына суў жеткерип берип турған салмалар көмилип кеткен. Жаз мәўсиминде пуқаралар тәрепинен ишимлик суўын қыйтақ жерге ҳәм басқа мақсетлерде пайдаланыў жағдайлары усы мәўсимде ишимлик суўын ҳәм шетки аймақларға жеткизиўде үзилислерге ҳәм машқалаларға жүзеге келе баслаған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға сапары ўақтында ғы кең көлемли илажлар шеңберинде Тахтакөпир районындағы жүзеге келген машқаланы сапластырыў ушын тийисли ўазыйпалар белгиленди. Усы бағдарда «Дәўир», «Айдын жол», «Ғәрезсизлик» МПЖ ҳәм Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы халықтың қыйтақ жер майданларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде 10 километр темир бетон лоток, 16 дана электронасос ҳәм 2 дана трансформатор орнатыў мақсетинде ҳәзирги күнде қурылыс монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күнде 1,5 километр аралыққа темир бетон лотоклар орнатылып, объектте 7 арнаўлы техника ҳәм жумысшы қәнигелер ислемекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.