Президент Шавкат Мирзиёев халықтыӊ турмысы, аймақлардыӊ раўажланыўы менен жақыннан танысыў мақсетинде 11-июль күни Ферғана ўәлаятына келди.
Мәмлекетимизде транспорт инфарструктурасы тараўында кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта. Тек ғана ҳаўа жоллары тармағында Самарқанда, Термиз, Мойнақ, Замин аэропортлары жаӊаланып, иске қосылды. Ташкент ҳәм Үргенш халықаралық ҳаўа портлары оӊланбақта, “Ташкент-Шығыс” қайта қурылмақта.
Быйылғы жылдыӊ март айында Қоқанд аэропорты да жаӊадан ашылған еди. Бүгин Өзбекстан Президентиниӊ самолёты дәслепки мәрте бул жерге қонды.
Бул аэропорт 1977-жылы қурылған болып, жақын жөнелислерге пәрўазлар әмелге асырылған. Соӊ тек ғана әскерий ҳаўа күшлери тәрепинен пайдаланылған Модернизация нәтийжесинде усы аэропорт арқалы және бир пуқаралық авиация пәрўазлары жолға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги қурылыс жумыслары менен танысты.
Аэропортта 100 жолаўшыға мөлшерленген жаӊа терминал қурылған, ушыў-қоныў коридорыныӊ қапламасы оӊланған. Заманагөй аэронавигация үскенелери орнатылған. Бул жумыслардыӊ нәтийжесинде А 320-200 ҳәм ATR 72-600 маркалы самолётларды қабыл етиў имканиятына ийе болды.
Президентимиз енди бул аэропорт халқымызға пайда келтириўи керек екенин атап өтти. Буныӊ ушын баҳа ҳәм хызметлерди адамларға қолайлы етип, пәрўазларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Ишки туризм имканиятларынан пайдаланыў жақсы нәтийже беретуғыны, халықаралық рейслерди де жолға қойыў мүмкинлиги атап өтилди.
ӨзА