АҚШтың Шарлотта қаласындағы Bank of America стадионында болып өткен футбол бойынша Америка кубогиниң ярым финал ойыны болып өтти.
Онда Колумбия ҳәм Уругвай сайланды командалары өз-ара ушырасты. Ойынның 39-минутында колумбиялы Хефферсон Лерма Уругвай дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.
Биринши таймға қосып берилген минутларда Колумбия сайланды командасы футбошысы Даниэль Мунос өзиниң екинши сары карточкасын алып, ойыннан шетлетилди.
Буннан кейин еки команда да гол урыў ушын бир қатар имканиятлар болғаны менен ойында басқа гол урылмады ҳәм Колумбия өз тарийхында 3-мәрте финал жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Колумбия сайланды командасы буннан алдын 1975 ҳәм 2001-жыллары Америка Кубоги финалына жол алып, 2001-жылы кубокты жеңип алыўға ерискен еди.
Енди, колумбиялы футболшылар Америка кубогиниң финалында Аргентина сайланды командасы менен жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.