Кеше түнде Дортмунд қаласындағы «Сигнал Идуна Парк» стадионында футбол бойынша Европа чемпионатының екинши ярым финал ойыны болып өтти.
60 мыңнан аслам футбол жанкүйерлерин өзине жәмлеген бул ойында соңғы жыллары жәҳән ҳәм Европа чемпионатларында жақсы нәтийже көрсетип киятырған Англия сайланды командасы Рональд Куман басшылығындағы Нидерландия сайланды командасы менен финал жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барды.
Ушырасыўдың 7-минутында нидерландиялы Хави Симонс қарсыласлардың жәрийма майданшасында англиялы футболшылардан топты алып қойып, Пикфорд дәрўазасына әжайып соққы жоллады ҳәм өз командасын есапта алдыға алып шықты.
Ал, 18-минутта англичанлар пенальти ислеп алды ҳәм Харри Кейн бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, есапты теңлестириўге еристи.
Екинши таймда да еки команда футболшылары тәрепинен бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилип, 79-минутта Сака гол урыўға миясар болды. Бирақ, бул жағдайда төреши тәрепинен ойыннан тысқары ҳалат деп есапланып, Саканың голы бийкарланды.
90+1-минутында Уоткинс Нидерландия дәрўазасын анық нышанға алып, Англияға финал жолламасын алып берди.
Солай етип, Саутгейт шәкиртлери Европа чемпионатында екинши мәрте финалға жол алды ҳәм онда Англия сайланды командасы Испания менен чемпионлық ушын беллесиўге түседи.
Финал ойыны 15-июль күни Берлин қаласындағы «Олимпиаштадион»да болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.