Президент Шавкат Мирзиёев бюджет қаржыларынан пайдаланылыўы үстинен финанслық жақтан қадағалаўды күшейтиў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Бүгин дүньядағы қурамалы процесслер экономикаға да өз тәсирин өткермекте. Қаржы табыў, жыйнаў, көбейтиў барған сайын қыйын болып бармақта. Бундай жағдайда бар дәреклерден нәтийжели пайдаланыў, пухталық ҳәм анықлық және де әҳмийетли.
Усы жыл 16-январь күни экономикадағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы бюджет қаржыларының нтийжелилиги мәселесине айрықша тоқтап, финанслық жақтан қадағалаўды күшейтиў бойынша тапсырмалар берген еди.
Бул ўазыйпаны Өзбекстан Республикасы Есап палатасы әмелге асырады. Ҳәзирги системада тек бюджет ҳәм мақсетли қорлар қәрежети сыртқы аудит пенен қамтып алынған. Бул жәми қәрежетлердиң 86 процентин қурайтуғынын айтып өтиўимиз керек.
Сол себепли Есап палатасы тәрепинен консолидацияласқан бюджеттиң орынланыўын сыртқы аудиттен өткериў усыныс етилмекте. Бул бюджеттен басқа қорлар ҳәм сыртқы қарыз есабынан қәрежетлерди де қамтып алыў имканиятын береди.
Есап палатасы жумысында мәмлекетлик бағдарламалардағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўде пайда болыўы мүмкин болған қәўиплерди баҳалаўға қаратылған стратегиялық аудит ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердеги бағдарламалық тәмийнатлар нәтийжелилиги бойынша мәлимлеме технологиялары аудити енгизилиўи мөлшерленбекте.
Елимизде 30 мыңға шамалас бюджет шөлкеми ҳәм мәмлекетлик кәрханалар болып, оларды үйренип шығыўға көп ўақыт ҳәм қаржы кетеди. Соның ушын Есап палатасында “Аралықтан қадағалаў орайы” иске түсирилди. Енди алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында 36 анализлеў критериялары ҳәм индикаторларын жетилистириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соңғы жыллары аймақлардың раўажланыўына үлкен қаржылар жиберилмекте. Бирақ жергиликли кеңеслер бюджетти додалаўда тийкарынан ўәлаят яки районлардың бюджети менен шекленип қалмақта. Бул- ҳәр бир аймаққа барлық дәреклерден берилип атырған қаржылардың 65-70 проценти олардың қадағалаўынан шетте қалмақта дегени.
Сол себепли Есап палатасы бюджет процессин тек ғана Олий Мажлис палаталарында емес, ал жергиликли кеңеслерде де додалап барыўы кереклиги атап өтилди.
ӨзА