Министрлер Кабинетиниӊ “Өзбекстан Республикасыныӊ улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жолларыныӊ дизимин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Президенттиӊ қарары менен тастыйықланған жол хожалығы системасын және де жетилистириў бойынша “Жол картасы”н әмелге асырыў шеӊберинде қала ҳәм басқа елатлы пунктлердиӊ аймақларыныӊ өзгериўин инабатқа алып, Өзбекстанныӊ улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жоллары дизимин қайтадан ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўға қарар етти.

Ҳүжжет пенен Өзбекстан автомобиль жолларыныӊ төмендеги дизимлери тастыйықланды:

  • халықаралық әҳмийетке ийеавтомобиль жолларыныӊ дизими (11 атамадағы улыўмалық узынлығы 3 833 километр);
  • мәмлекетлик әҳмийетке ийеавтомобиль жолларыныӊ дизими (240 атамадағы улыўмалық узынлығы 14 316 километр);
  • жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жолларыныӊ дизими (1 818 атамадағы улыўмалық узынлығы 24 222 километр).

Бул дизимлер 2025-жыл 1-январьдан күшке киреди.

Транспорт министрлигине бир ай мүддетте улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жолларында жайласқан көпир имаратларыныӊ дизимин тастыйықлаў тапсырылды.

Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 2024-жыл 5-июльден күшке кирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги