“Қытай – Қырғызстан –Өзбекстан” темир жолы жойбарына байланыслы Келисим тастыйықланды
586

Быйылғы жылдыӊ 8-июль күни “Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент Қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, Қытай Ҳүкимети, Қырғызстан Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Ҳүкимети арасында “Қытай – Қырғызстан –Өзбекстан” темир жолы жойбарын биргеликте әмелге асырыўда бирге ислесиў ҳаққында Келисим тастыйықланды.
Келисимге 2024-жыл 6-июнь күни Пекин қаласына қол қойылған.
Транспорт министрлиги бул халдықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оныӊ қағыйдалары әмелге асырылыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.
ӨзА