Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-июль күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Халықаралық мийнет шөлкеми бас директоры Жильбер Унгбоны қабыллады.

БМШтың усы абырайлы институты менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

ХМШ бас директоры қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанның мийнеткешлердиң ҳуқықларын тәмийинлеў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықаралық конвенцияларды имплементациялаў бағдарындағы табысларына жоқары баҳа берди.

Усы мүнәсибет пенен өз сапарын Өзбекстан басшысы басшылығында әмелге асырылып атырған нәтийжели реформаларды қоллап-қуўатлаў көриниси деп атады.

ХМШ мәмлекетимиз тәжирийбесин халықаралық көлемде үйрениў ҳәм қолланыў ушын табыслы модель сыпатында көрип атырғаны атап өтилди. Усы жылдың июнь айында Өзбекстан шөлкемниң Басқарыў кеңесине сайланыўы буның дәлили болды.

Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Шөлкемниң жәрдеминде Өзбекстанда мийнет тараўында 40 тан аслам нормативлик ҳүжжет қабул етилди, 22 халықаралық конвенция ратификацияланды.

Социаллық әдиллик принциплерин алға қойыў бойынша, атап айтқанда, «Социаллық әдиллик глобал коалициясы» шеңберинде биргеликтеги илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында 2026-2030-жылларға мөлшерленген жаңа Мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм қабыллаўға келисип алынды.

ӨзА