Дөретиўшилик имтиханлар даўам етпекте

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2024-2025-оқыў жылы ушын 5-13-июль күнлери аралығында болып өтетуғын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары даўам етпекте.
Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары өткерилетуғын орынларда абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын барлық қолайлықлар жаратылып, имтихан өткерилетуғын орынлар камералар менен тәмийинленген болып, интернет арқалы тиккелей онлайн режимде бақлап барыў имканияты да жолға қойылған.



Имтиханлардың нызам талапларына сай әдил ҳәм ашық-айдынлық пенен өткерилиўин көзден өткериў мақсетинде имтихан процесслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Жоқарғы Кеңес депутаты В.Каленова ҳәм басқа да жуўапкерлер қатнасып, өткерилип атырған имтиханлардың барысы менен танысты.




Қарақалпақстан хабар агентлиги.