Бүгин түнги саат 00:00 де Германияда өткерилип атырған футбол бойынша Европа чемпионатында ярым финалдың дәслепки ойыны болып өтеди.

Онда еки мәртеден Европа чемпионы атағына миясар болған Испания ҳәм Франция сайланды командалары финал жолламасы ушын өз-ара гүреске түседи.

Европа чемпионаты тарийхына нәзер таслайтуғын болсақ, Испания сайланды командасы 1964 ҳәм 2008-жыллары алтын медальларды қолға киргизген болса, 2012-жылы гүмис, 1984 ҳәм 2020-жыллары қола медальларын ийелеўге миясар болған.

Ал, Дидье Дешам басшылығындағы Франция сайланды командасы болса, усы күнге шекем 1984 ҳәм 2000-жыллары Европа чемпионы атағын жеңип алған. Сондай-ақ, французлар 2016-жылы гүмис, 1996-жылы қола медальларына ылайық деп табылған.

Соның ишинде, Франция Испания менен 1984-жылы Европа чемпионатының финалында өз-ара ушырасып, онда Мишель Платини жетекшилигиндеги Франция 2:0 есабында жеңип шығыўға миясар болған.

Улыўмаластырып айтқанда, бул еки команда Европа чемпионатында усы ўақытқа шекем 4 мәрте ушырасып, онда Франция 2 рет жеңген болса, Испанияның 1 мәрте қолы бәлент келген. Бир ушырасыў болса, теңбе-тең жуўмақланған.

Ал, бүгинги ушырасыў алдынан болса, 34 проценттен аслам футбол экспертлери Испанияның жеңиске ерисетуғынлығына исеним билдирмекте. 31 процент экспертлер болса, Франция жеңиске ериседи деп болжамақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.