Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети Европа аўқамының Орайлық Азияда шегараларды басқарыўға кѳмеклесиў аймақлық офиси тәрепинен жәрияланған BOMCA-10 бағдарламасы шеңберинде 26 мың АҚШ доллары муғдарында грант утып алды. Бундағы тийкарғы мақсет Нѳкис ҳәм Шымбай районларындағы жумыссыз ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў болып, онда 2 дана нағыс тоқыў машинасы (ҳәр бири 85 млн сум), 1 дана сүтти қайта ислеў сепараторы, 4 дана тигиў машинасы топламы (оверлок машинасы, утюг) ҳәмде 1 дана гѳззаллық салоны топламы бар. Шымбай районының 3 мәҳәллесине усы әсбап -үскенелер тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.