Өзбекстан – Қытай парламентлераралық бирге ислесиў перспективалары

Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоиловтыӊ Қытай Халық Республикасы Пүткилқытай халық ўәкиллери кеӊеси Турақлы комитетиниӊ баслығы Чжао Лэцзи басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Қытай арасында еки тәреплеме байланыслардыӊ барлық бағдарларында өз-ара қатнасықлар жеделлесип, көп тәреплемели қарым-қатнасықлар беккемленип баратырғаны, мәмлекетлеримиз регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша бир-бирин қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша атап өтилди. Әсиресе, еки мәмлекет басшылары Шавкат Мирзиёев ҳәм Си Цзиньпинниӊ сиясий ерк-ықрары, жоқары дәрежедеги ушырасыўлары себепли Өзбекстан – Қытай бирге ислесиў қатнасықлары кеӊ көлемли әҳмийетке ийе болып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди, түрли тараўлардағы қатнасықлар жаӊа басқышқа көтерилди.

Ушырасыўда Қытай парламенти делегациясы ағзаларына “Өзбекстан — 2030” стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, оныӊ шеӊберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар, жаӊа редакциядағы Конституция нормаларын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасы жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Өз гезегинде, Чжао Лэцзи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған избе-из реформалар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстыӊ барлық тараўларында үлкен нәтийжелер берип атырғанын жоқары баҳалап, еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда тийкарғы фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм сапа жағынан жаӊа басқышқа көтериў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.

Конструктивлик ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў перспективалары, оны жаӊа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Соныӊ менен бирге, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиӊ орынланыўын тәмийинлеў бағдарында парламентлер алдында турған ўазыйпалар көрип шығылып, тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.


Сөйлесиў даўамында мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-коммуникация, билимлендириў, туризм, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў ҳәм басқа тараўлардағы байланыслардыӊ көлемин және де кеӊейтиў мәселелери ҳаққында сөз етилди.
М.Комилова, ӨзА