Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли бағдарламаларда Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўын кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Өзбекстан елшиси Нодиржон Турғунов Ислам раўажланыў банкиниң (ИРБ) Жойбарластырыў мәселелери департаментиниң бас директоры Анас Айсам менен ушырасыў өткерген. Бул ҳаққында «Дунё» МА хабар берди.
Мәлим етиўинше, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Ислам раўажланыў банки арасында бирге ислесиў байланысларын және де жеделлестириў, мәмлекетте ислеп шығылып атырған ири жойбарларды жеңиллетилген қаржыландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм техникалық-гуманитарлық жәрдемлерди тартыў мәселелери додаланған.
Анас Айсам кейинги жылларда Өзбекстанда бақланып атырған өзгерислер дүнья жүзи мәмлекетлери тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен бақланып атырғанын айтып өткен. Өзбекстан ҳәм Ислам раўажланыў банки менен бирге ислесиў бойынша 2018-2022-жылларға мөлшерленген стратегия табыслы әмелге асырылғаны есапқа алынып, 2022-2026-жыллар ушын, мине усындай стратегия ислеп шығылғаны мәлим етилген.
Тәреплер келешекте транспорт, логистика, билимлендириў, аўыл хожалығы, суў, қоршаған орталық, шарўашылық, абат аўыл ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды қаржыландырыў имканиятлары бойынша пикир алысқан. Сондай-ақ, Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған әҳмийетли бағдарламаларда Ислам раўажланыў банкиниң қатнасыўын кеңейтиў перспективалары көрип шығылған.
Ушырасыў жуўмағында бул банк тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўын турақлы тәризде мониторинг етип барыў ҳәм келешектеги биргеликтеги жойбарларды додалаў ушын банк ўәкиллериниң Өзбекстанға әмелий сапарын шөлкемлестириў ҳаққында келисип алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги