Мәҳәллелерде, эксперимент тәризинде, жеке меншик сектордың қатнасыўында мәҳәлле абаданлығын тәмийинлеў бойынша жаңа система енгизиледи

768

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәҳәллелерди абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм келбетин түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Ферғана ўәлаяты, Бағдад районы, «Юксалиш» МПЖ тәжирийбеси тийкарында усы жылдың ақырына шекем мәҳәллелерде, эксперимент тәризинде, жеке меншик сектордың қатнасыўында мәҳәлле абаданлығын тәмийинлеў бойынша пүткиллей жаңа система енгизиледи.

Мәҳәллениң абаданлығын тәмийинлеў бойынша эксперимент шеңберинде:

мәҳәллелерде мәҳәлле абаданлығы менен шуғылланыўшы «Мәҳәлле сервис компаниясы» жумысы шөлкемлестириледи;

Сервис компаниясы мәкан пуқаралар жыйыны кеңесиниң қарары тийкарында потенциаллы исбилерменлер арасынан таңлап алынады;

мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Сервис компаниясы арасындағы хызмет көрсетиў шәртнамасын дүзиў, бурынғысынан басқаша тәризде, тиккелей әмелге асырылады;

Сервис компаниясына мәҳәллелер имараты аймағында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ханалар ажыратылады ҳәм зәрүр техникалық қураллар және үскенелер оларды саз ҳәм жумысқа жарамлы жағдайда сақлаў шәрти менен бийпул пайдаланыўға бериледи;

Сервис компаниясына тийкарғы түрде мәҳәлледе жасаўшы, ўақтынша жумыссыз, мәўсимлик жумысларға шығатуғын пуқаралар тартылады;

Сервис компаниясы аймақтың абаданлығын тәмийинлеў жумысларын мәкан пуқаралар жыйынының буйыртпасы ҳәм қадағалаўы тийкарында әмелге асырады;

Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы тәрепинен Сервис компанияларының реестри жүргизиледи.

Сервис компаниялары:

мәҳәлле пуқаралар жыйынының буйыртпасы тийкарында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў хызметлерин атқарады, салмалар ҳәм суўғарыў системаларын тазалайды, көшелердиң тазалығын тәмийинлейди, нәллер егеди ҳәм тәрбиялайды;

шәртнама тийкарында социаллық тараў объектлеринде абаданластырыў ҳәм коммуналлық эксплуатация хызметлерин көрсетеди;

шәртнама тийкарында шығындыларды жыйнап сортлайды ҳәм шығынды кәрханалары тәрепинен алып шығып кетилиўин шөлкемлестиреди;

халықтың мүтәжликлеринен келип шығып, басқа да түрдеги социаллық әҳмийеттеги төлемли хызметлерди көрсетеди.

Сервис компаниялары мәҳәллени абат етиўге байланыслы жумысларды орынлаў, сондай-ақ, мәҳәлле халқына усы қарарға тийкарланып басқа да түрдеги социаллық әҳмийеттеги төлемли хызметлерди көрсетиў шеңберинде пайда, мүлк ҳәм жер салықлары ҳәм социаллық төлемлерди төлеўден, сондай-ақ, Сервис компаниясы жумысшы хызметкерлери физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

2025-жыл 1-январьға шекем эксперимент нәтийжеси бойынша жеке меншик сектордың қатнасыўында мәҳәлле абатлығын тәмийинлеў бойынша жаңа системаны республиканың барлық мәҳәллелеринде енгизиў бойынша усыныс Министрлер Кабинетине киргизиледи.

ӨзА