Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Инсан ағзалары ҳәм (яки) тоқымаларын трансплантациялаўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық:
Инсан ағзалары ҳәм (яки) тоқымаларын трансплантациялаў тәртиби ҳаққындағы реже;
Трансплантация объектлери болыўы мүмкин болған тири донордан яки адамныӊ өли денесинен алынатуғын инсан ағзалары ҳәм (яки) тоқымаларыныӊ дизими;
Инсан ағзалары ҳәм (яки) тоқымаларын алатуғын ҳәм трансплантациялайтуғын мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасыныӊ медицина мәкемелериниӊ дизими;
Инсан ағзалары ҳәм (яки) тоқымаларын Өзбекстан Республикасы аймағында тасыў, оларды сақлаў, Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағына алып кириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
2024-2025-жыллары мәмлекетлик медицина жоқары билимлендириў мәкемелери клиникаларында заманагөй молекуляр-генетика ҳәм иммуно-гистохимия лабораториялары шөлкемлестириледи, сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тастыйықлаған үскенелер стандартларына тийкарланып мәмлекетлик медицина мәкемелери клиникаларыныӊ трансплантация бөлимлери шөлкемлестириледи ҳәм тийисли үскенелер менен тәмийинленеди.
Медицинаны раўажландырыў мәмлекетлик мақсетли қоры қаржылары есабынан трансплантация бағдарында жумыс алып баратуғын 80 ге шекемги қәниге 2024-жылы ҳәм тастыйықланған реже-кестеге муўапық 2025-2027-жыллар даўамында ҳәр жылы 100 ге шекемги қәниге абырайлы сырт ел медицина мәкемелери ҳәм орайларына маманлық арттырыў ушын жибериледи.
2024-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Бас прокуратура, Жоқары суд, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм басқа мәпдар шөлкемлеридиӊ жуўмақлары тийкарында ҳәм халықаралық тәжирийбени пуқта үйренген ҳалда;
аккредитациядан өткен мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине де инсан ағзаларын ҳәм (яки) тоқымаларын алыў ҳәм олардыӊ трансплантациясын әмелге асырыўға рухсат бериледи.
ӨзА