Мәҳәлле жетилигиниң бири: «Жаңа жап» жасларының табыслары артпақта

294

Мәмлекетимиз  Президентиниң тапсырмасы менен мәҳәллелерде «жетилик» хызмети жолға қойылып, олардың ҳәр бирине халық пенен ислесиўи ҳәм машқалаларын шешиўи ушын ўазыйпалар белгиленген еди. Мәҳәлле жетилигиниң бири жаслар жетекшиси болып, оларға жаслар менен ислесиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў, бос ўақытларын мазмунлы өткерип, музыка ҳәм спорт дөгереклерине қатнасыўын шөлкемлестириў жумысларын алып барыў жуўапкершилиги жүкленген. Хош, орынларда жумыс алып барып атырған жаслар жетекшилери бул ўазыйпаларды қалай атқарып атыр?

Хожели районы «Жаңа жап» аўыл пуқаралар жыйынында 1241 жас дизимге алынған. Жаслар жетекшиси профилактика инспекоры менен биргеликте  жумыссыз ҳәм сырт елде жумыс ислеп атырған жаслардың дизимин алып, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәрекет етип келмекте.

-Президентимиз тәрепинен жасларға көплеген имканиятлар жаратылып берилмекте. Мәҳәллемиздеги жаслардың бири, Темур Турғанбаевтың жумыссыз жүргенлиги есапқа алынып, оның бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Е-аукцион» арқалы жер берилди. Ҳәзирги ўақытта ол жеринде дийқаншылық етип, егинлерине тәрбия бермекте.  Сондай-ақ, жаслардың  спортқа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде алып барылып атырған жумысларымыз да өз нәтийжелерин де бермекте.  Усы жылдың 10-25-июнь күнлери Иордания мәмлекетинде болып өткен спорттың «Еркин гүрес» түринен Азия чемпионатында қатнасқан Меҳрибану Худайназарова 3-орынды жеңип алып, Азия чемпионы болыўға еристи.

Сондай-ақ, мәҳәлле жасларын китапқумарлыққа қызықтырыў мақсетинде Феруза Абдиреймованың үй китапханасы ашып берилди ҳәм китапхананы жаңа китаплар менен толтырыўға ҳәрекет етпектемиз. Ҳәзирги ўақытта мәҳәлле жасларының китап оқыўға деген қызығыўшылығы жаман емес.

Жақында мәмлекетимиз бойлап «Жаслар күни» мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында кең көлемде  өткерилген жарысларда мәҳәллемиз жаслары белсене қатнасып, жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда спорттың  Армреслинг түринен С.Есемуратов үшинши, жеңил атлетика түринен М.Худайназарова 1-орынды ийеледи.

 

Сондай-ақ, жаслардын бос ўакытларын мазмунлы өткериў мақсетинде «Бес баслама  олимпиадасы» шеңберинде спорттың футбол түри бойынша МҚХ кубоги өткерилип, онда мәҳәллемиз жаслары белсене қатнасты.  Жасларға субсидиялар бериў бойынша олардың машқалалары үйренилип, дизимге алынды. Қаржы ажыратылыўы менен бул мәселелер өз шешимин табады,-дейди биз бенен сәўбетте болған «Жаңа жап» АПЖ жаслар жетекшиси Атабек Жуманиязов.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.