Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Фузулий қаласы аэропортында жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Яқуб Аюбов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын Шуша қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысын ол жерде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев күтип алды.

 

ТМШ қатнасыўшы мәмлекетлери делегацияларының басшылары Әзербайжан  жетекшиси менен биргеликте Шуша қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Шуша “Қарабақ дүрданаси”, “Кавказ мәденияты орайы”,“әзербайжан музыкасы бесиги” атамалары менен белгили. Қала бир қатар белгили илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайреткерлериниң ўатаны болып есапланады. 2021- жылдан берли Шуша Әзербайжанның мәдений пайтахты болып, 2023-жылы болса дүнья мәдений пайтахты деп жәрияланған.

Усы жылы Хийўа қаласы ҳәм Шуша қаласы арасында дослық қатнасықлары орнатылды.

Жоқары мәртебели мийманлар Шушада отыз еки жыл ишинде биринши рет қурылған турақ жай комплексине барды. 23 имараттан ибарат турақ жай комплексиниң улыўмалық майданы дерлик 8 гектарды қурайды.

Буннан соң жетекшилер 2021-жылы ирге тасы қойылған жаңа заманагөй мешит жойбары ҳәм оны қурыў процеси менен танысты.

Әзербайжан басшысы мийманларға қала инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында айтып берди.

Президентлер, сондай-ақ, XIX әсирде Шушада қурылған биринши мешит- Гәўҳар Аға мешитин зыярат етти. Мийманлар ол жерде әмелге асырылып атырған реставрациялаў жумысларының нәтийжелерине жоқары баҳа берди.

6-июль күни Президентимиз Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасады.

Мәмлекет басшылары кеңесиниң “Транспорттың өз-ара байланыслығы ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў арқалы турақлы келешекти  қурыў” темасында болып өтетуғын гезексиз мәжилиси күн тәртибинен саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация ҳәм инвестиция-қаржы тараўларында, сондай-ақ, “жасыл” экономика, қайта тиклениўши энергетика, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў бойынша регионаллық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери орын алған.

Илаж жуўмағында бир қатар қосымша ҳүжжетлер қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан Президентиниң Әзербайжанға әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА