Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине басшылық Қазақстаннан Қытайға өтти ҳәм ол жерде келеси жылы шөлкемниң гезектеги саммити болып өтеди.

Бул ҳаққында Қазақстан пайтахтында қол қойылған  ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң Астана декларациясында белгилеп қойылды.

Қазақстан Астанадағы саммитте ШБШға бир жыллық басшылықты жуўмақлады. Сол ўақыт ишинде шөлкем шеңберинде бирге ислесиўдиң түрли бағдарларын қамтып алған 150 ден аслам илаж өткерилген.

2025-2027- жылларға ШБШ Бас хаткери етип Нурлан Ермекбаев сайланды.

Ол 2022-жыл 1-январьдан баслап бас хаткер лаўазымын ийеллеп киятырған Қытай ўәкили Чжан Мингниң орнына 2025-жыл 1-январьдан шөлкемди басқарады. Ҳәзирги күнде ШБШ Бас хаткери орынбасары лаўазымында жумыс алып бармақта,- деп жазады xabar.uz cайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги