Ушырасыўда тәреплер экономикалық, инвестициялық, энергетика, транспорт-логистика, таў-кән санааты, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў мәселелерин додалаған.

Аўғанстан Санаат ҳәм саўда министри Нуриддин Азизий басшылығындағы делегация Өзбекстанда болып тур. Делегация қурамында 300 ге шамалас аўғанстанлы исбилерменлер орын алған.

3-июль күни Министрлер Кабинетинде Бас министр Абдулла Арипов Аўғанстан делегациясы менен ушырасыў өткерген.

Мәлим етилиўинше, ушырасыўда тәреплер экономикалық, инвестициялық, энергетика, транспорт-логистика, таў-кән санааты, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалаған. Сондай-ақ, өз-ара саўда көлемин арттырыў бойынша анық илажлар белгиленип, еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери арасында байланысларды және де кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилген.

Аўғанстан делегациясының мәмлекетимизге сапары 6-июльға шекем даўам етеди. Сапар шеңберинде бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен ушырасыўлар, еки тәреплеме бизнес-форум ҳәм Аўғанстан өнимлери көргизбесиниң өткерилиўи белгиленген.

Мийманлардың Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларындағы бир қатар өндирис кәрханаларына барыўы да режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги