ҒМДА мәмлекетлери менен саўда айланысында ең көп үлеслер Россия, Қазақстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан үлесине туўра келмекте.
«Экономикалық шолыў» журналы Өзбекстанның 2024-жыл январь-май айларында ҒМДА мәмлекетлери менен саўда айланысын таллады.
Атап өтилиўинше, усы жылдың январь-май айларында Өзбекстанның ҒМДА мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы 4,9 процентке өсип, 8,8 миллиард АҚШ долларын қураған: 3,1 миллиард доллар экспорт, 5,7 миллиард доллар импорт. Бул дәўирде Өзбекстанның сыртқы саўда айланысының 32,9 проценти ҒМДА мәмлекетлери үлесине туўра келген.
Өзбекстанның ҒМДА мәмлекетлери менен саўда айланысында ең көп үлес – 4 миллиард 782 миллион доллар ямаса 55 проценти Россияға туўра келмекте. Бул сумманың 1 миллиард 354,3 миллион доллар бөлеги экспорт, 3 миллиард 427,7 миллион доллар бөлеги импорт есапланады.
Бул бағдардағы жоқары бесликти 1 миллиард 581,6 миллион доллар менен Қазақстан, 455,5 миллион доллар менен Түркменстан, 294,3 миллион доллар менен Қырғызстан ҳәм 265,2 миллион доллар менен Беларусь мәмлекети жуўмақлаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги