Олий Мажлис делегациясы ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының жазғы сессиясында қатнаспақта

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Р. Алимов басшылығындағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси делегациясы Бухарестте (Румыня) болып атырған ЕҚБШ Парламент Ассамблеясының жазғы сессиясында қатнаспақта.
Илажда ЕҚБШның 53 қатнасыўшы мәмлекетинен 300 ден аслам парламент ағзалары ҳәм бирге ислесиў бойынша шериклер қатнаспақта.
Сессия шеңберинде Терроризмге қарсы гүресиў арнаўлы комитетиниң мәжлиси ҳәм Орайлық Азияда климат өзгериўи ҳәм суў машқалаларына бағышланған семинар да өткерилди. Ассамблеяның үш комитетиниң мәжилислеринде болса қатнасыўшы мәмлекетлер баслаған резолюция жойбарлары көрип шығылмақта.
Сессияда парламент ағзалары ЕҚБШ ПАның Орайлық Азия мәмлекетлери бирге ислесиўинде ең биринши рет басланған “Регионаллық бирге ислесиў ҳәм парламентлер сөйлесиўин раўажландырыў арқалы Орайлық Азия регионында климат өзгериўи ҳәм суў машқалаларына көп тәреплемели ақыбетлерин сапластырыў” резолюциясын қоллап-қуўатлады.

Бул резолюция дүнья жәмийетшилигин регионның экологиялық машқалаларына кеңнен тартыў, Арал экологиялық дағдарысы ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған бирге ислесиўдеги ҳәрекетлерди ислеп шығыўда әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Резолюцияда Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен келисилген жойбарларды әмелге енгизиў бойынша көрилип атырған системалы илажлар унамлы баҳаланды.
Сессия күн тәртибинен ЕҚБШ мәканындағы келиспеўшиликлерди шешиў, экология, инсан ҳуқықларын қорғаў, сайлаў процесин шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, бирге шөлкемлестириў ҳәм кадрлар мәселелерин шешиў, соның ишинде, бюджетти тастыйықлаў ҳәм шөлкемниң лаўазымлы шахсларын сайлаў сыяқлы мәселелер орын алған.
ЕҚБШ ПАдағы түркий тиллес мәмлекетлер делегацияларының ушырасыўы да болып өтти. Онда тәреплер бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм Ассамблея майданында миллий мәплерин алға қойыў бойынша ис-ҳәрекетлерди муўапықластырыўды күшейтиў мәселелерин додалады.
ЕҚБШ сессиясы усы жылдың 4-июль күнине шекем даўам етеди,-деп хабар бермекте senat.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги