Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм жаслар менен сәўбет даўам етпекте.

Ендигиден былай жоқары оқыў орынларының биринши ҳәм екинши курсларындағы пәнлер техникумлар менен үйлеседи.

Техникумның биринши ҳәм екинши жылын жақсы оқыған жасларға халықаралық классификатордың тийисли дәрежесине сәйкес келетуғын диплом бериледи.

Оларға университетти екинши ямаса үшинши курсынан оқыўды контракт тийкарында даўам еттириў имканияты бериледи.

Кәсиби бойынша тәжирийбе дәрежеси ҳәм еки жыллық стажы бар жаслар кәрхананың усынысы менен жоқары оқыў оырнларына контракт тийкарында қабыл етиледи.

ӨзА