Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиў үшинши жалпы мәжилиси ҳаққында Мәлимлеме

22-июнь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиў үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардыӊ ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттыӊ YouTube тармағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Сенаторлар өз жумысын “Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан баслады.
Бүгинги реформалар процесинде, мәмлекетти ҳәм жәмийетти ҳәр тәреплеме раўажландырыўда Олий Мажлис палаталары ҳәм сиясий партиялардыӊ роли айрықша әҳмийетке ийе. “Өзбекстан – 2030” стратегиясында да парламент ҳәм сиясий партиялардыӊ әҳмийетли ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилиги белгиленген.
Бул процесслер сиясий партиялардыӊ жумысын жетилистириў, депутатлар ҳәм сенаторлардыӊ Конституциядағы ўәкилликлерин толық әмелге асырыў бойынша қосымша кепилликлер берилиўи ҳәм сайлаўшылардыӊ партия менен үзликсиз байланысларын беккемлеўди талап етпекте.
Додаланған нызам менен сиясий партияларды қаржыландырыў, мәмлекетлик қаржылардыӊ сиясий партиялар арасында бөлистирилиў тәртибин, Нызамшылық палатасы депутатларыныӊ, Сенат ағзаларыныӊ ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымлары депутатларыныӊ ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў тийкарларын белгилеўди, сондай-ақ, өз ўазыйпаларын ҳәм әдеп-икрамлық нормаларын бузғанлығы ушын оларға тәртипке салыў илажларын анықластырыўды нәзерде тутатуғын қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлардыӊ атап өткениндей, усы нызам менен жәмийет ушын әҳмийетли болған ҳәм тиккелей ислейтуғын нызамлардыӊ қабыл етилиўинде, жәмийеттиӊ раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселелердиӊ шешиминде депутат ҳәм сенаторлардыӊ жуўапкершилигин және де арттырыўға қаратылған өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатыныӊ ҳәм Сенат ағзасыныӊ статусы ҳаққында» ғы нызамда депутат ҳәм сенатордыӊ ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў тийкарлары күшейтилмекте.
Киргизилип атырған өзгерислерге муўапық: депутат, Сенатта турақлы жумыс ислейтуғын сенатор ҳақы төленетуғын тийисли түрдеги жумыс пенен шуғылланыўына жол қойылмайтуғыны ҳаққындағы ескертиў алғаннан кейин ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс (илимий, дөретиўшилик ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары) пенен шуғылланған жағдайда;
тийисли палата, сиясий партия фракциясы, өзи қурамына сайланған комитет, комиссия жумысында бир календарь жыл ишинде отыз еки яки оннан аслам жумыс күни кеширимли себеплерсиз қатнаспаған жағдайда;
сырт мәмлекетлердиӊ турақлы жасаў гүўалығын яки сырт мәмлекет аймағында турақлы жасаў ҳуқықын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжетти алған жағдайда;
партия дизими тийкарында сайланған депутат өзин депутатлыққа талабан етип көрсетилген сиясий партия ағзалығынан шыққан жағдайда депутат яки сенатордыӊ ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў ушын тийкар болатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, депутат яки сенатор тәрепинен өз ўазыйпаларын ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузғанлығы ушын бир қатар илажлар белгиленбекте. Атап айтқанда, ескертиў, тийисли мәжилислерде кеширим сораўды талап етиў жол қойылғанлығы фактин палата мәжилисинде оқып еситтириў, мийнет ҳақысынан услап қалыў ҳәм депутат яки сенатор ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў сыяқлы илажлар қолланылыўы белгиленбекте.
Сенаторлардыӊ атап өткениндей, бул нызамныӊ қабыл етилиўи сиясий партиялардыӊ жумысын қоллап-қуўатлаўға ҳәм беккемлеўге, депутатлар ҳәм сенаторлардыӊ өз ўазыйпаларын орынлаўда, кәсиплик әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўде, сондай-ақ, олардыӊ қол қатылмаслық ҳуқықын толық тәмийинлеўде жеке жуўапкершиликти арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, парламент ағзалары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў илажларыныӊ орынланыўы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, аймақтыӊ инвестициялық тартымлылығын арттырыў, халықтыӊ турмыс абаданлығын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар талланды.
Қарақалпақстанда халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, инсан капиталын раўажландырыў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў бойынша кеӊ көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта.
Бунда, әлбетте соӊғы жыллары мәмлекетимиз Президенти тәрепинен регионда пайда болған социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға қаратылып атырған қатаӊ итибар, аймақты раўажландырыў мақсетинде қабыл етилип атырған бир қатар пәрман ҳәм қарарлардыӊ айрықша орны бар. Олий Мажлис Сенаты тәрепинен болса олардыӊ орынланыўы үстинен тәсиршеӊ парламент қадағалаўы алып барылмақта.
Атап өтилгениндей, мәмлекетмииз басшысыныӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги “2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған бағдарламаға муўапық 2020-2023-жыллары улыўма баҳасы 11,2 триллион сумлық 1 359 инвестициялық жойбар иске қосылып, 15 060 жаӊа жумыс орны жаратылған.
Президентимиздиӊ 2021-жыл 29-июльдағы “БМШ Бас Ассамблеясыныӊ 2021-жыл 18-майдағы “Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында”ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен 2021-2024-жыллары Аралбойы регионында экономика тармақларында ресурс үнемлеўши, заманагөй инновациялық технологияларды кеӊнен енгизиў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў бойынша 71 илажды өз ишине алған “жол картасы” ҳәм 65 тийкарғы инновациялық жойбарлар дизими тастыйықланған.
“Жол картасы”ндағы 71 илаждан 65 и ҳәм 65 тийкарғы инновациялық жойбардан 53 и орынланған.
Сондай-ақ, Президентимиздиӊ 2021-жыл 23-ноябрьдеги “Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында Мойнақ районындағы исбилерменлик субъектлери ушын бир қатар салық жеӊилликлери берилиўиниӊ нәтийжесинде 2024-жыл биринши шерек жуўмақларына бола 296 кәрхана ықтыярында 1,5 миллиард сум қалдырылған.
Буннан тысқары, 2024-жылдыӊ биринши шерегинде 12 867 исбилерменлик субъекти тәрепинен 30,1 миллиард сум салық жеӊилликлеринен пайдаланылған.
Мәжилис даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024-жыл 9-февраьдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары менен аймақта 2024-жылы 120 мыӊнан аслам халықтыӊ турақлы, мәўсимли ҳәм ўақытша жумысларда бәнтлигин тәмийинлеў, баҳасы, 6,5 триллион сумлық 421 инвестиция жойбарларын әмелге асырыў нәзерде тутылғанлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, халықты бизнеске тартыў, жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде жер участкаларын аукцион саўдаларына шығарыў, халықты кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, руда емес пайдалы қазылма кәнлери ҳәм участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын аукцион саўдаларына шығарыў бойынша мәнзилли бағдарламалар тастыйықланған.
Додалаў жуўмағында Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў илажлары үстинен парламент қадағалыўын әмелге асырыўдыӊ тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды ҳәм Сенаттыӊ тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан соӊ Самарқанд ўәлаяты мәҳәллелеринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыў бойынша жумыслардыӊ жағдайы додаланды.
Атап өтилгениндей, ўәлаятта исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыўда бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилген.
Атап айтқанда, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 2023-жылдыӊ басынан 783,3 мыӊ шаӊарақ хатлаўдан өткерилген, дәрамат табыўға ҳәрекет етип атырған ҳәм тилегинде болған 298 шаӊарақ шарўашылық ҳәм қусшылық, 331 и саўда ҳәм хызмет, 264 и дийқаншылық ҳәм ыссыхана, 123 и бағшылық, 34 и киши өндирис, 10 ы өнерментшилик ҳәм 66 сы басқа бағдарларда халықтыӊ дәраматларын көбейтиў илажлары көрилген.
Ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте жәми 423 мыӊнан аслам адамныӊ бәнтлиги тәмийинленген. “Онлайн мәҳәлле” платформасында 5441 микрожойбар иске қосылыўы нәтийжесинде жойбар баҳасы 1 270 миллиард сум қаржы өзлестирилип, 23507 пуқара жумыслы болған.
Қәнигелескен мәҳәллелерге жақын аймақларда 44 микроорай шөлкемлестирилип, 507 жаӊа жумыс орны жаратылған.
Соныӊ менен бирге, мәжилисте сенаторлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда айырым кемшилик ҳәм машқалалар да бар екенине итибар қаратылды.
Ўәлаятта 2024-жылдыӊ 1-январь жағдайына бола, жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниӊ саны 2023-жылға салыстырғанда 10,5 мыӊға азайған. Жумысшы санын улыўма көрсетпеген кәрханлардыӊ 322 синде жәми 518 легал емес жумысшылар болып, олардан бир жылда кеминде 800 миллион сум дәрамат салығы шығынға ушыраған.
Сондай-ақ, ҳәким жәрдемшилериниӊ усыныслары тийкарында шаӊарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеӊберинде ажыратылған 1,5 триллион сумлық кредиттиӊ 72,3 миллиард сумы машқалалы кредитке айланған.
Буннан тысқары, исбилерменликти шөлкемлестириў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыў бойынша бар имканиятлардан толық пайдаланылмаған.
Ўәлаятта исбилерменлердиӊ мүрәжатлерин өз ўақытнда көрип шығыўда да кемшиликлерге жол қойылған. “Исбилермен виртуал офиси” мәлимлеме порталы арқалы келип түскен мүрәжатлерди көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддети үстинен қадағалаў орнатылған болыўына қарамастан, мүрәжатлердиӊ 205 и бойынша көрип шығыў мүддети бузылған.
Самарқанд қаласында, Пастдарғом, Ургут, Иштихон, Нарпай, Пайариқ, Булунғур районларында исбилерменлердиӊ мүрәжатлери көрип шығылыўында нызам бузылыўына жол қойылған.
Сенаторлар тәрепинен мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыўда жол қойылған кемшиликлер жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға көрсетип өтилди ҳәм бул бағдарда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменлик тараўында бар талаплар ҳәм тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.
Атап айтқанда, ўәлаятта аймақлардыӊ өзине тән өзгешеликлери, “өсиў ноқатлары” ҳәм потенциалын инабатқа алып, исбилерменликти раўажландырыў бағдарлары бойынша усыныслар ислеп шығыў, “Онлайн мәҳәлле” электрон платформасын тийисли министрлик ҳәм уйымлардыӊ мәлимлеме ситемалары менен толық интеграцияланыўын тәмийинлеў кереклиги атап өтилди.
Көрип шығылған мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатыныӊ тийисли қарары қабыл етилди.
Соныӊ менен бирге, Сенаттыӊ елиў үшинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеӊеси қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Додалаў жуўмағында сенаторлар Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ усынысына тийкарланып Музаффар Зафарович Кукиевти бес жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеӊесиниӊ турақлы тийкардағы ағзасы – Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеӊесиниӊ судьясы лаўазымына, Худойқул Тожиевич Азизов, Аскаржон Бойисович Гафуров ҳәм Аҳрорхон Муминович Хашимхоновты бес жыллық мүддетке Судьялар жоқары кеӊесиниӊ жәмийетшилик тийкарындағы ағзасы лаўазымына сайлады.
Сондай-ақ, Қаҳрамон Улжаев Судьялар жоқары кеӊесиниӊ жәмийетшилик тийкарындағы ағзасы лаўазымынан азат етилди.
Көрип шығылған мәселе бойынша Сенаттыӊ тийисли қарары қабыл етилди.
Олий Мажлис Сенатыныӊ елиў үшинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниӊ қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстыӊ барлық тараўларыныӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалардыӊ нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 14 мәселе, соныӊ ишинде, 8 нызам додаланды.
Усыныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиў үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети