Ҳәзирги ўақытлары республикамызда ғәлле орым-жыйын жумыслары басланып, айырым алдынғы фермер хожалықлары белгиленген мәмлекетлик шәртнама режесин артығы менен орынлап шықпақта.

Атап айтқанда, Қараөзек районындағы А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Азат Аллабаев басшылығындағы «Аллаш қырық» фермер хожалығы  20 гектар жерден 60 тоннадан аслам өним тапсырыўға еристи.

-Бийдайды өз ўақтында еккенимиз ҳәм оларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўимиз нәтийжесинде атызларымызда дийдиленгендей мол өним топланды,-дейди хожалық баслығы Азат Аллабаев.-Еле атызларымызда  зүрәәт мол. Алдағы ўақытлары да орым-жыйын жумысларына ылғаллы пәт ендирип, елимиздиң ғәлле қырманына өзлеримиздиң үлесимизди қоса беремиз.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, өткен жылы Қараөзек районы бойынша 3750 гектар майданға бийдай егип, ҳәзирги ўақытлары  усы майданларда писип жетилискен зүрәәтти сепситпей орып, жыйнап алыў жумыслары қызғын жүргизилмекте.

Оған жоқары өнимдарлы 16 бийдай орыў комбайнлары қатнасып атыр.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы