Авария себепли пүткил Эквадор электрсиз қалды. Бул ҳаққында транспорт ҳәм жәмийет ислери министри Роберто Луке X социаллық тармағы арқалы хабар берди.

«Биз CENACE (миллий оператор)дан оператив түрде алған есабатқа бола, жоқары волтлы электр узатыў линияларындағы үзилис ақыбетинде ток өшип қалған. Сол себепли мәмлекет бойлап электр тәмийнаты пүткиллей тоқтаған», — деп жазды министр.

Министрдиң қосымша етиўинше, жергиликли ўақыт пенен саат 18:41 де Эквадорда электр тәмийнаты 95 процент тикленген.

Сырт ел баспасөзиниң жазыўынша, электр үзилиси мәмлекеттиң үлкен қалалары жолларында тәртипсизликти келтирип шығарған. Буннан тысқары, интернеттиң ислеўинде машқалалар бақланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги