Усы жыл 19-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплеринде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларға алтын ҳәм гүмис медальларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде жасларды илимли-билимли, физикалық жақтан саламат инсанлар етип тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў – мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған. Сонлықтанда, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Буның айқын мысалы сыпатында, тек ғана Қарақалпақстанның өзинде жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылдағы 6 дан 12 ге, студент болыў көрсеткиши 9 проценттен 41 процентке жеткерилди. Өткен жылы 10 мың жас қосымша квота тийкарында студент болған болса, бул ийгиликли ислер быйылғы жылы да даўам еттирилип, және қосымша 6 мың 500 квота ажыратылмақта.

Жаратылып атырған имканиятлар өз нәтийжесин көрсетип, 267 питкериўши мүддетинен алдын елимиздеги ҳәм дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына студент болды. Мектеплерди питкерген 22 мыңнан аслам оқыўшы арасында 648 оқыўшы алтын, 188 оқыўшы гүмис медаль ийесине айланды.

Буннан соң, питкериўшилерге арналған медальлар салтанатлы түрде тапсырылды.


Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги