Президент Шавкат Мирзиёевқа диний-ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Барлық пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳәр тәреплеме қорғаў көп миллетли Өзбекстандағы жаӊаланыўлардыӊ тийкарғы әҳмийетли бағдары болып табылады. Усындай ажыралмайтуғын ҳуқықлардан бири – дин еркинлиги болып табылады. Мәмлекетимизде динге исенетуғынлар ибадат әмеллерин емин-еркин әмелге асырыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Жаӊа Өзбекстан сиясаты тек халықларымыз арасында емес, ал халықаралық жәмийетшиликте де мүнәсип тән алынып атырғанын атап өтиў керек.

Ғәрезсизликтиӊ дәслепки жылларында Мекке Мадинада муқаддес Ҳаж әмелин орынлаўға мияссар болған ўатанласларымыздыӊ саны бармақ пенен санаўлы болған болса, бүгинги күнде 15 мыӊнан аслам өзбекстанлы муқаддес зыяратқа барды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ халқымызға Қурбан ҳайыты қутлықлаўы, Мусылманлар уйымы баслығы муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар менен телефон арқалы сәўбетлесип, ҳажылардыӊ ҳалынан хабар алғаны быйылғы Ҳаж мәўсиминиӊ жарқын ўақыяларынан болды.

Қысқа мүддет ишинде Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўында маман кадрларды таярлаў бойынша комплексли система жаратылды. Илимпазларымыздыӊ бай мийрасын үйрениў ҳәм ғалаб ен жайдырыў мақсетинде илимий-изертлеў орайлары жумыс баслады. Буған мысал ретинде Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Египет Араб жоқары медресеси, Ҳәдис илими мектеби, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларын келтириў мүмкин. Имам Бухарий естелик комплексинде кеӊ көлемли жаӊаланыў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги мәжилисте уллы ойшыллардыӊ дөретпелерин халық, әсиресе, жасларымыздыӊ арасында кеӊнен үйрениў ҳәм ен жайдырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Бул дөретпелерде исламныӊ негизге мәниси, муқаддес динимиздиӊ адамгершилик идеялары жәмленген. Бул әсиресе, ҳәзирги қәўипли дәўирде, дүньяда түрли күшлер динниӊ мәнисин бузыўға ҳәм жасларды ҳақыйқый жолдан адастырыўға урынып атырған бир жағдайда оғада әҳмийетли.

Бул процессте ҳәзирги күнлерде муқаддес Меккеде Ҳаж ибадатын орынлап атырған ўатаналасларымыздыӊ да үлкен орны бар екени атап өтилди. Жақында ҳажылар өз мәҳәллелеринде жас әўлад тәрбиясы ҳәм руўхый кәмиллигине мүнәсип үлес қосыўға таяр екенин билдирип мүрәжат қабыллады.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы бул жумысларда халқымыз ҳәм сырт елли мийманларды ата-бабаларымыздыӊ бийбаҳа мийрасы менен кеӊнен таныстырыўға, ағартыўшы ислам идеяларын алға қойыўға хызмет ететуғын Ислам цивилизациясы орайы жедел қатнасыўы әҳмийетли екенин атап өтти. Бүгинги күнде тарийхшы илимпаз ҳәм уламалар менен биргеликте орайдыӊ жумысын жаӊа мазмун менен байытыў жумыслары алып барылмақта.

Орайдыӊ келешектеги режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

ӨзА