Хожели районы «Саманкөл» АПЖ аймағындағы «Толғанай Шукуриллаева» фермер хожалығында бийдайды сепситпей жыйнап алыў ушын орым-жыйын жумыслары алып барылмақта. Фермер хожалығы хызметкерлери  ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў ушын ғайрат салмақта.

-Быйыл 23 гектар жерге бийдай еккенбиз. 65, 70 центнерден  өним жыйнап алынбақта. Қуда қәлесе белгиленген шәртнаманы орынлап, елимиздиң бийбай қырманына мүнәсип үлес қосамыз деген нийеттемиз,-дейди фермер хожалығы баслығы Шамурат Ешмуратов.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги