Пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған, жақсылық, сақыйлық, инсаныйлық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы кеңпейил қәдириятларды өзинде жәмлеген, жәмийетте өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейилликти беккемлеўге хызмет етиўши Қурбан ҳайыты – Ийд ал-Адха байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлердиң жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларынан, белгили жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Қутлықлаўларда мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстанның көп миллетли халқына ҳүрмет-итибар сөзлери, тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген ҳәм дослық және көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да ҳәр тәреплеме беккемлеўге айрықша умытылыс билдирилген.

Соның ишинде, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Еки Муқаддес Мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Саудия Арабстаны Патшасы, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Муҳаммад ибн Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған;

Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров;

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов;

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов;   

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев;

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шейх Муҳаммад бин Зоид ол Наҳаян;

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Шейх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шейх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян;

Саудия Арабстаны мәмлекетлик министри, Министрлер Кеңесиниң ағзасы Турки бин Муҳаммад бин Фаҳд бин Абдулазиз Ол Сауд;

Кувейт Мәмлекетиниң Әмири Шейх Мишъал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;

Кувейт Мәмлекетиниң Мийрасқоры Сабоҳ Ҳолид ал-Ҳамад ал-Муборак ас-Сабоҳ;

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла  88;

Марокаш Патшасы Муҳаммед V8;

Алжир Халық Демократиялық Республикасы Президенти Абдулмажид Теббун;

Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос;

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусрав Нозирий;

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусайн Иброҳим Тоҳа;

Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы шейхулислам Оллоҳшукур Пошшозода.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.