Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15 –июнь күни Самарқанд қаласында әмелий сапар менен елимизде болып турған “БМШ Туризм” (пүткилжержүзилик туризм шөлкеми) бас хаткери Зухраб Пололикашвили менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан менен БМШтың арнаўлы қәнигелескен институты арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Самарқандта 2023-жылы октябрь айында болып өткен шөлкемниң 25-сессиясында ерисилген келисимлерди ҳәм алға қойылған басламаларды әмелге асырыў процеси көрип шығылды. БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен Өзбекстанның басламасы менен 2027-жылды Халықаралық турақлы ҳәм узақ жасаўшы туризм жылы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюция қабыл етилгени жоқары баҳаланды.
Шөлкем заманагөй туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм елимизге саяхат етиўди ғалаба ен жайдырыў бойынша Өзбекстанның стратегиялық бирге ислесиўшисине айланғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Саяхатшылар ушын қолайлы шараятлар ҳәм объектлерди қурыў, зыярат ҳәм мәдений-ағартыўшылық туризмди, соның ишинде, ишки туризмди раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Самарқандта жумыс ислеп атырған Халықаралық туризм академиясы имканиятларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда миймандослық ҳәм сервис тараўында маман кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанға туризм бағдарын ғалаба ен жайдырыў мақсетинде жергиликли туроператорлардың ири халықаралық туризм ярмаркалары ҳәм көргизбелеринде қатнасыўын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий бирге ислесиў кеңейтиледи.
ӨзА