Россия Президенти Владимир Путин кеше мәмлекетлик сапар менен Корея Халық Демократиялық Республикасы пайтахтына жетип барды.
Жоқары дәрежели мийманды Пхеньян аэропортында Ким Чен Ин жеке өзи күтип алды.
Қала орайындағы Ким Ир Сен майданында еки мәмлекет басшысының рәсмий ушырасыўы болып өтти.
Путин буннан алдын Пхеньянға 24 жыл бурын -2000-жылдың июль айында, президентлик инаугурациясынан еки ай өткеннен соң келген. Сол ўақытта КХДР жетекшиси Ким Чен Инниң атасы Ким Чен Ир еди.
Ким Чен Ин 2019-жылы биринши рет Владивосток қаласына поездда келип, Путин менен ушырасқан.
РФ Президентиниң сыртқы сиясат бойынша жәрдемшиси Юрий Ушаковтың атап өтиўинше, Россия тең ҳуқықлы қарым-қатнас тәрепдары сыпатында ҳәр қандай кыйыншылыққа қарамастан, дүньяның барлық мәмлекетлери, әсиресе, ең жақын қоңсылары менен бирге ислесиўге ашықлығын көрсетпекте.
ӨзА