Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мирәт етиўине бола Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль өмирлик жолдасы менен бирге 13-июнь күни мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.


Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки елдиӊ мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Буннан соӊ, Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль “Жаӊа Өзбекстан” паркине барып, Мустақиллиқ монументине гүл қойды.


Комплекс пенен қысқаша танысыў барысында Қубла Корея делегациясы ўәкиллерине бул жерде сәўлелендирилген тулғалар ҳәм тарийхый ўақыялардыӊ мазмуны ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Үш мыӊ жылдан аслам ўақыт – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхыныӊ тамырлары оғада тереӊ. Монументке итибар қаратқан адам усы қыйыншылықлы өтмиштиӊ көркем сәўлеленгениниӊ гүўасы болады.


Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларыныӊ мәмлекетимизге сапары шеӊберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.

Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген зыялылар, уллы сәркардалар ҳәм әскер басылар, жадид бабаларымыздыӊ тулғаларына айрықша итибар қаратты. Тынышлық, еркинлик, жақсылық тымсалы болған Қумай қусыныӊ көриниси комплекстиӊ гүлтажындай көриниси тән алынды.

Соӊ Корея Республикасыныӊ Президенти Юн Сок Ёль Ташкент қаласындағы “U-ENTER” инновациялық исбилерменлик орайында болды.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги ҳәм Корея мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў агентлигиниӊ қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилген “U-ENTER” инновациялық исбилерменлик орайы Қубла Кореяныӊ алдынғы тәжирийбеси тийкарында өзбекстанлы жас исбилерменлерге өз бизнес жойбарларын әмелге асырыўы ушын ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге мөлшерленген.

Бул орай стартапларды қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў ҳәм имканиятларды күшейтиў арқалы Өзбекстан стартап экосистемасын жанландырыў, тәжирийбелер менен ортақласыў, Корея стартапларыныӊ Орайлық Азияға кириўи ушын тийкар болып хызмет етеди.













Дүнья аўыр глобаллық кризиске бет бурып атырған дәўирде өз-ара экономикалық бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм бул жолда нәтийжели жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлердиӊ раўажланыўы ушын әҳмийетли болып есапланады.

Президент Юн Сок Ёль орайда Өзбекстан жаслары менен қызғын сәўбетлести. Орайдыӊ ҳүрметли мийманлары китабына өзиниӊ шын жүректен шыққан сөзлерин жазып қалдырды.

Корея Республикасы Президенти мәмлекетимизде жасап атырған бир топар корейс диаспорасы ўәкиллери менен де ушырасты.

Сапардыӊ тийкарғы илажлары 14-июнь күни болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – Корея дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдыӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.

Саммит жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, еки мәмлекет Президентлериниӊ биргеликтеги бизнес-форумда қатнасыўы күтилмекте.

Президент Юн Сок Ёль мәмлекетимиздиӊ бай мәдений-тарийхый мийрасы менен танысыў мақсетинде Самарқанд қаласына барады.

ӨзА