«Өзбекстан» халықаралық конференциялар сарайында Өзбекстан Республикасында Әзербайжан мәденият күнлериниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Усы мүнәсибет пенен бул саўлатлы сарайға кең жәмийетшилик ўәкиллери, әдебият, көркем өнер ғайраткерлери, миллий мәденият орайларының белсендилери, дөретиўши жаслар мирәт етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстанда Әзербайжан мәденият күнлери қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.
Салтанатлы илажда атап өтилгениндей, еки туўысқан халық арасындағы дослық байланыслары көп әсирлик тарийхқа ийе. Кейинги жыллар даўамында мәмлекетимиз ҳәм Әзербайжан Республикасы арасындағы өз-ара дослық, бирге ислесиў, туўысқанлық байланыслары барған сайын беккемленип, жаңаша раўажланыў басқышына қәдем таслады.
Бунда еки мәмлекет басшылары – Өзбекстан Республикасы Презденти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң басламалары, сиясий ерк-ықрары бирге ислесиўдиң жаңа шеклерин белгилеп бергени сөзсиз.
Мәмлекетимиз басшысының баслмасы менен Ташкент қаласында өткен жылы Әзербайжан улыўма миллий лидери Гейдар Алиев туўылған күниниң 100 жыллығы кеңнен белгиленди. Туўысқан халық миллет жетекшисиниң естелигине бағышланып салтанатлы илажлар, китаплар презентациясы, көргизбелер жоқары дәрежеде болып өтти.
Сондай-ақ, Әзербайжан Республикасында да Өзбекстан мәденияты, илими күнлери көтериңки руўхта өткерилди.
Буннан былай өзбек жазыўшы ҳәм шайырлар китапларының туўысқан елдеги презентациясы, художниклеримиздиң көргизбелери, концертлери Әзербайжанда турақлы түрде өткерилмекте.
Мәмлекетимизде туўысқан халықтың мәденияты ҳәм көркем өнерине өзгеше ҳүрмет ҳәм итибар менен қаралады. Әзербайжан халқының әдебияты, көркем өнери жоқары қәдирленеди.
Еки туўысқан елдиң зыялылары мәдений-ағартыўшылық байланысларын барған сайын беккемлеўге мүнәсип үлес қоспақта. Елимизде басланған Әзербайжан мәденияты күнлери буның және бир әмелий көриниси болып есапланады.
Үш күн даўамында пайтахтымызда әдебий ушырасыўлар, китап презентациялары, спектакль тамашалары, мәдений-ағартыўшылық бағдарламалар, көргизбелер, презентациялар өткерилиўи нәзерде тутылған.
Ашылыў мәресиминде туўысқан халықтың көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслар, жетекши көркем өнер топарларының атқарыўында үлкен концерт бағдарламасы көрсетилди.
Өзбекстанлы көркем өнер ықласбентлерине туўысқанларымыздың бийтәкирар, оғада заўықлы ҳәм гөззал музыкалы бағдарламасы усынылды.
Назокат Усмонова, Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА