Хожели районында жайласқан “Ново Агро Пром” фермер хожалығында ғәлле орым-жыйынына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайпов, «Өзагроинспекция» Қарақалпақстан Республикасы  Басқармасы баслығы А.Юсупов, районның сектор басшылары, фермерлер ҳәм аўыл хожалығы белсендилери қатнасты.

Семинар қатнасыўшылары  быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў бойынша өз-ара пикир алысып, анық ўазыйпалар белгиленип алынды. Район аймағында 141 фермер хожалығы тәрепинен 3940 гектар майданға бийдай егилген болып, оны өз ўақтында сепситпей жыйнап алыў мақсетинде арнаўлы Штаб шөлкемлестирилди. Ушырасыў соңында барлыққатнасыўшыларға быйылғы қырманның бәлент болыўына тилеклеслик билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги