Австрияныӊ Вена қаласында Жәҳән банки топары жәрдеминде Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен шөлкемлестирилген “Қырғыз Республикасы Халықаралық энергетика инвестиция форумы”ныӊ биринши күни болып өтти. Онда Өзбекстан Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов та қатнаспақта.
“Өзбекстан, Қырғзстан ҳәм Қазақстан “Қамбарата ГЭС-1″ қурылысына таярлық көриўди баслаў бойынша келисимге қол қойды”, деп жазбақта Өзбекстан Энергетика министрлиги баспасөз хызмети.
Үш мәмлекеттиӊ энергетика бойынша жуўапкерлери 10-июнь күни Вена қаласында болып өткен форумда жасыл энергия тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға бағышланған келисимге қол қойған.
Атап өтилиўинше, “Қамбарата ГЭС-1” жойбарын додалаўдан тийкарғы мақсет Орайлық Азияда таза энергияға өтиўди жеделлестириў бойынша потенциалын көрсетиўден ибарат.
Форумда тараўдыӊ 200 ге шамалас ўәкиллери қатнаспақта. Атап айтқанда, Қырғызстан, Қазақстан, Өзбекстан, Тәжикстан, Австрия, Франция, Саудия Арабстаны, Европа Аўқамы ҳәм бир қатар халықаралық қаржы институтларыныӊ жуўапкерлери де қатнаспақта.
“Қамбарата ГЭС-1” жойбары Қырғызстанныӊ басламасы менен әмелге асырылмақта. Өзбекстан ҳәм Қазақстан жойбарға өткен жылы қосылған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги