Шоманай районындағы Қарабайлы МПЖ аймағында жайласқан Асадбек Бекболатов фермер хожалығындағы бийдай атызында көргизбели семинар болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Қайыпов «Агроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Юсупов, Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм басқа да райондағы фермер хожалығы баслықлары, бекитилген тараў қәнигелери қатнасып, бийдай орым-жыйынында әҳмийет қаратылыўы лазым болған мәселелер бойынша түсиниклер берилди.
– Орылған бийдайларды ғәлле сақлаў орынларына жеткерип бериў ушын 24 тасыўшы транспортлар бекитилген,-дейди Шоманай районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары М.Темирханов. – Шоманай районында быйылғы жылдың зүрәәти ушын 3300 гектар жерге гүзлик бийдай егилген. Оннан мол өним алыў мақсетинде райондағы 167 фермер хожалығы бийдай тәрбиясына айрықша итибар қаратып мийнет етпекте.
Район бойынша 650 тонна туқымлық бийдайды 6 фермер екпекте. Быйылғы бийдай орым-жыйынына 10 комбайн, 10 отряд шөлкемлестирилген. Дийқанлардың нәтийжели мийнети арқасында районда мол ғәлле өними жетистирилген. Алдында әҳмийетли жумыс ғәлле өнимин аўызбиршилик пенен, белгиленген мүддет ишинде жыйнап алыў ўазыйпасы турыпты.
Илажда тараў қәнигелери тәрепинен бийдай орым-жыйынына байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланып, пикир алысты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги