Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-июнь күни Америка Қурама Штатларының Саўда ўәкили Кэтрин Тайди қабыллады.
Америка уйымының баслығы Өзбекстан жетекшисине АҚШ Президенти Жо Байденниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыў даўамында еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Исбилерменлик байланысларының жеделлескени, өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялар көрсеткишлери турақлы өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
АҚШтың «Аir Products», «Coca-Cola», «Citibank», «Visa» ҳәм басқа да көплеген жетекши кәрханалары ҳәм банклери менен байланыслар раўажланбақта.
Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы, GSP системасын қайта тиклеў, «C+1» форматы ҳәм Саўда ҳәм инвестициялар бойынша рамкалы келисим шеңберинде әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге байланыслы мәселелери көрип шығылды.
Санаат кооперациясы ушын жаңа тараўларды анықлаў ҳәм тийисли жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги платформаны иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.
ӨзА