Telegramның тийкарын салыўшысы Павел Дуров жазды Орайлық Азия мәмлекетлеринде өткериўди режелестирген. Бул ҳаққында ол өзиниң рәсмий каналында мәлим етти.

«Дубайда ҳаўа ыссы. Досларым Францияның қубласы сыяқлы әжайып орынларға кетип атыр. Франция пуқарасы сыпатында мен Франция ең жақсы дем алыў мәканы екенлигине қосыламан.

Тelegramның бас директоры сыпатында мен мийнет дем алысын алмайман. Буның орнына мен басқа орынларда пайдаланыўшыларымыз бенен ушырасыўлар өткерип, ислеўди даўам етемен. Бул жазда мен Орайлық Азияға ол жерде өмир қалай екенин көриў, адамлар Telegram’нан қалай пайдаланыўы ҳәм олардың санлы мүтәжликлерин үйрениў ушын барыўға қарар еттим», – дейди ол.

Еслетип өтемиз, Тelegram Өзбекстанда тийкарғы мессенжерлерден бири болып, 2023-жылдың июнь айы жағдайына, интернет пайдаланыўшыларының дерлик 80 проценти ямаса 30,6 млн өзбекстанлы усы платформа хызметинен пайдаланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги