Әмиўдәрья районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңссиниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша жуўапкерлери, барлық район ҳәкимликлериниң суў хожалығы жуўапкерлери ҳәм аймақтағы фермер хожалықларының басшыларының қатнасыўында көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Мақсет – суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша белгиленген жеңилликлер туўралы түсиниклер бериў ҳәм районлар аралық тәжирийбе алмасыў болып есапланады.

Семинар даўамында Әмиўдәрья районы ҳәкими С.Хўжаметов район дийқанлары тәрепинен аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша исленип атырған илажлар туўралы мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинен республикамызға бириктирилген ўәкиллер Н.Атақулов, Н.Худайбердиевлер шығып сөйлеп, быйылғы жылы суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў барысында жаңа система, «suvkredit.uz» платформасының иске түсирилгени, субсидия муғдарларының көбейтилгени сыяқлы өзгерислер ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Илаж қатнасыўшылары райондағы «Палўан аўыл» фермер хожалығының 10 гектарлық тамшылатып ҳәм 5 гектарлық дискретли суўғарыў, «Камалов Гүлмырза» фермер хожалығының 15 гектарлық пахта атызында енгизилген тамшылатып суўғарыў технологиясын барып көрди,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети баслығы Ғ.Атажанов. – Бул  жерде усы суўды үнемлеўши технологияларды қурыў жумыслары менен шуғылланып атырған «Yuksalish Amir Rise» ҳәм «Gren Garden Irrigation Systems» ЖШЖ басшылары ҳәм қәнигелериниң район ҳәкимлери менен сәўбетлесиўи өткерилди.

Илажда Суў хожалығы министрлигиниң басшылары, район ҳәкимлери қурыўшы шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте басқа районларда да усы сыяқлы көргизбели семинарларды шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги