Президент Шавкат Мирзиёевтиң  басшылығында Түркия Республикасы ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы менен экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў бойынша келеси режелер көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы өткен ҳәптеде Түркияға әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде көплеген келисимлерге ерисилди.

Соның ишинде, Өзбекстан –Түркия Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши мәжилиси ҳәм еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлардың  жуўмағы бойынша 10,1 миллиард долларға тең 158 жаңа жойбар қәлиплестирилген. Бул жойбарлар санаат, энергетика, таў-кән ҳәм геология, транспорт, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын қамтып алған.

Мәжилисте саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў бағдарында көрилетуғын илажлар бойынша  мәлимлеме берилди.

Атап айтқанда, еки мәмлекет арасындағы Жеңилликли саўда келисими шеңберинде өнимлердиң дизимин кеңейтиў, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, электротехника, өнерментшилик өнимлерине тариф ҳәм бажы ставкаларын азайтыў, Стамбул қаласында Өзбекстанның саўда ўәкилханасын ашыў режелестирилген.

Түркия тәжирийбеси тийкарында таў-қырларды өзлестириў бойынша «жол картасы»н  ислеп шығыў ҳәм аўыл хожалығын қамсызландырыў системасын енгизиў, халықаралық стандартларға сай өзбек-түрк Туқымгершилик тест орайын ашыў мөлшерленген.

Президент Түркияның ири компаниялары менен перспективалы жойбарлар портфелин қәлиплестириў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша қосымша көрсетпелер берди

Саудия Арабстаны менен де инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланып бармақта, бир қатар ири жойбарларды әмелге асырыў басланған, исвесторлар портфели барған сайын кеңейип бармақта. Патшалық компанияларының қатнасыўында улыўма баҳасы 24.1 миллард долларлық 34 инвестициялық жойбардың дизими қәлиплестирилген.

Бул жойбарлар шеңберинде быйылғы жылы жәми 2.5 миллиард доллар қаржыны өзлестириў режелестирилген. Соның ишинде, жыл ақырына барып транспорт, санластырыў, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, энергетика тараўларында қосымша 13 жойбарлар шеңберинде 1,5 миллард доллар инвестицияны өзлестириў күтилмекте.

Мәжилисте Өзбекстан-Саудия Исбилерменлер кеңеси жумысын және де жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Кеңес шеңберинде қәлиплестирилген экология , таў-кән, қаржылай бирге ислесиў тараўларында баҳасы 6,5 миллард долларлық жаңа перспективалы жойбарлар бойынша сөйлесиўлерди жуўмағына жеткериў ҳәм әмелий жумысларды баслаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентимиз есабат ҳәм режелер менен танысып, жуўапкерлерге сырт ел  инвестицияларын толық ҳәм сапалы өзлестириў илажларын көриў, жойбарлардың әмелге асырылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыўды тапсырды.

Инвесторлар менен турақлы қарым-қатнас  жасап, олар ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў, жойбарларды әмелге асырыў процесинде жүзеге келиўи мүмкин болған мәселелерди системалы түрде шешип барыў ўазыйпасы қойылды.

                                                                                                                       ӨзА