Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергетика тараўы объектлериниң  гүзги-қысқы мәўсимге турақлы ислеўин тәмийинлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Усы жылы 580 мектеп, 169 бақшаның энергия нәтийжелилигин арттырыў режелестирилген.

Жаңа социаллық объектлерди жойбарлаўда энергияны үнемлеў бойынша қатаң талап киргизиў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ,  ыссы  айларда ҳәкимшилик ҳәм коммерциялық объектлерди салқынлатыўға қыс пенен бирдей энергия жумсалып атырғаны көрсетип  өтилди. Сол мүнәсибет пенен ҳәкимшилик имаратлар, көп қабатлы жайлар , кәрхана , саўда ҳәм сервис имаратларында энергия нәтийжелилиги бойынша техникалық шәртлерди ислеп шығыў тапсырылды.

Жуўапкерлерге мың социаллық объектлерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў тапсырылды. Соның ишинде, 251 емлеўхана, 292 бақша, 393 мектеп ҳәм интернатта оңлаў жумыслары алып барылады.

ӨзА